⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ГӘЎҲАР

Қарақалпақша

ат. (парсы. — қымбат бақалы тас, мерўерт, хинжи) 1. Қымбат бақалы тас; жасалма усылда қырланған, жылтыратылған ҳәм ысқылап тегисленген алмаздың халық тилиндеги атамасы. Ақ-сарғыш, қызғыш реңли хәр түрдеги қымбат бақалы қасыл тас, зат. Халық тилинде хинжи, маржан қ.б. бақалы тасларда гәўҳар деп түсиниледи. — Алтын менен гәўҳарды, Жол азыққа қойдырды («Ер Зийўар»). Бул Уатанның топырақлары ҳасыл гәўҳар тасым мениң (И.Юсупов). 2. аўыс. Басқалардан өзиниң айрықша жақсы қәсийетлери менен көзге түсетуғын қәдирли адам, қымбат ҳасыл зат. Алпамыс жигиттиң султаны болды, Гүлпаршын қызлардың гәуҳары болды (ққ.х.қ.). Жер — ғәзийне, суў — гәуҳар (ққ.х.н.м.). Ҳасыл гәуҳар, зери де бар. Аптекте жоқ дәри де бар, Пулың болса бәри де бар. Пулсыз көзиң қызары көп (И.Юсупов). Көз гәуҳары — анат. Көз қарашығының аркасында жайласқан, еки тәрепи торсық (исик) линза формасындағы тынық дене. 3. Қызлардың исми. «Жеңге» астахтаға жайған зуўала, Бийкешиңе мени бәнтлеп дуўала. Дейсең де жүргениң көп қыз изинен, «Жәмила», «Тәўҳар»лап, және «Ей-Сара» (Ақшолпан Аманияз).