ГҮРЕС
Қарақалпақша
ат. 1. Еки адамның бирин-бири жығыў мақсетиндеги айқас.
Жығылған гүреске тоймас (ққ.х.н.м.).
Ертең азанда ылақ ойын, гүрес, ат шабыс дегенлер бар (А.Бегимов).
2. Қандай да бир езиўши классқа ямаса сиясий ағымға қарсы апарылып атырған илажлар.
Империализмге ҳәм капитализмге қарсы гүрес.
Ерназар алакөз — тарийхта Маман бий, Айдос бий ислерин даўам еттириўши, өз халқының ғәрезсизлиги ушын гүрес алып барған батыр («ҚЖ» г.).
3. филос.
Бир нәрсени орынлаўға, бежериўге, қыйыншылыкдарды жениўге ат салыў, умтылыў ҳәм де көп түрли қарама-карсылыкдардың арасындағы талас, тартыс, бир-бирин жеңиў жолындағы исленип атырған ҳәрекет.
Жаңалық пенен ескилик өз ара келисе алмайды, олар бир-бирине карсы гүресте болады.