⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ГҮНАЛЫ

Қарақалпақша

кел. 1. Айыплы, жынаятлы, ислеген гүнасы бар, айыбы бар, қылмыслы. Өмириниң сәтсизлиги ушын ҳәр кимниң өзи гүналы өмирине налынбастан бурын өзиңди айыплаў бул даналық (Т.Қайыпбергенов). 2. дин. Жолдан шыққан, адасқан, ҳарам нийет. Гүналы ханды асыўға, Шар базардың ишине, Тилла дарды қурғызар («Ер Зийўар»). 0 Гүналыны гүнде баўы менен сораў — айыплы адамды биротала сорап алыў мәнисинде. Тақсыр гүналыңды гүнде баўы менен сорайман, — депти Турым бий (Т.Қайыпбергенов).