ГҮЛ
Қарақалпақша
ат. 1. Сулыўлық ҳәм гөззаллықтың белгиси болған адамның кеўлин көтеретуғын, өсимликлердиң көбейиўине жуўап беретуғын, кишкене жасыл жапырақтың ортасында дөңгелене ашылған ҳәр қыйлы рендеги сулыў, хош ийисли өсимлик.
Гүл хәм жуўсан ийиси ағып турмаса, Ол жерде мен каракалпақ болмайман (И.Юсупов).
Кушақашып турмыс келиң мийманым, Қолда жети түрли гүлим мийманым (А.Дабылов).
2. Гезлемеге ямаса ҳәр қыйлы затларға басылған ҳәр түрли гүлли нағыслар.
Сулыўларда болар ғайры кәрамат, Гүлли көйлегинен желпип аромат... (И.Юсупов).
Кийгениң көк көйлек гүлли дарайы, Елимниң айнасы-жүзи шырайы (Д.Айтжанова).
0 Гүл нағыс — Гүлдиң сүўретин торлап тигип ямаса басып иелеткен нағыс.
Гүлдәсте — Кишкене бир буўат ҳәр түрли гүллер.
Сары ғүлден сайлап, гүлдәсте тердим... (А.Турдымуратова).
Гүлопат болыў — Сыныў, бузылыў, пыт-шыт болыў.
0 Гүл өмир — Шадлық турмыс, жайнаған өмир.
Бизлер сүрген гүл өмир, Баяғының жалғасы (Т.Жумамуратов).
Гүл жүзли — Гүлге мегзее, гүл сыяқлы, шырайлы.
Сен онда жас едиң нәўше гүл едиң, Гүл емес гүл жүзли бир пери едиң (Т.Қабулов).
Гүлдей жайнаў — Сулыўланып, қуўанып, қулпырып, өзин басқаша тутып жүриў.
Ғайры-нағыс сезим енип туйғыма, Гүлдей жайнап жүрер едим сен барда (Г.Нурлепесова).