⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ГРАММАТИКАЛЫҚ

Қарақалпақша

ат. Грамматикаға тән, грамматикаға қатнасы бар, грамматикаға тийисли. Тилдиң грамматикалық қурылысы. Грамматикалық категория — формалары бир-биринен айырылатуғын биргелки грамматикалық кубылыслардың жыйынтығы, тобы. Грамматикалық мәни — сөздиң гәптеги басқа сөзлер менен қарым-қатнасқа түсиўи нәтийжесинде келип шығатуғын (туўатуғын) мәни. Грамматикалық форма — тилдеги сөздиң лексикалық түсиниғине қосымша мәни беретуғын морфема. 0 Грамматикалық усыл — сөзлердиң арасындағы ҳәр түрли қатнасларды, грамматикалық мәнилерди билдириў жолы, усылы. Грамматикалық норма — грамматикалық нормаға әмел етиў ушын сол тилдиң грамматикалық қағыйдаларын, гәп дүзиў, сөз ҳәм қосымталар арасындағы қатнас, баслаўыш пенен баянлаўыштың келисиўи, екинши дәрежели ағзалардың бас ағзаларға байланысыў жолларын, сөзлердиң орын тәртибин жақсы билип алыў керек. Грамматикалық қурал — грамматикалық мәнилерди билдиретуғын қураллар (аффикслер, көмекши сөзлер т.б.). Грамматикалық морфемалар — сөзлерге қосылып, басқа сөзлер менен байланысына ҳәм грамматикалық мәнисине тәсир етиўши морфемалар. Олар сөз өзгертиўши ҳәм форма жасаўшы морфемалар болып екиге бөлинеди. Грамматикалық емес морфемалар — сөзден жаңа мәнидеги сөз жасайтуғын морфемалар. Оларға барлық сөз жасаўшы морфемалар киреди. Грамматикалық мәниниң аңлатылыў усыллары — сөз өзгертиўши ҳәм форма жасаўшы аффикслердиң синтетикалық усылда қосылыўы арқалы билдириледи: пахтаның, пахтаға, пахтадан, пахтаны, оқыйман, оқыйсаң, оқыйды; Мәнили сөзлерге көмекши сөзлердиң аналитикалық усылда дизбеклесиўи арқалы билдириледи: балам ушын, көпир арқалы, тоғайға қарай; Сөзлердиң жупласып ҳәм төкирарланып келиўи арқалы билдириледи: ер-жүўен, қазан-табақ, жақсы-жаман; Гәптеги сөзлердиң орын тәртибиниң өзгериўи грамматикалық мәнини пайда етеди: сүрилген жер, терилген пахталар, суўық күн (сөз дизбеги), жер сүрилген, пахталар терилген, күн суўық (гәплик мазмунда) т.б.