ГЕЎДЕ
Қарақалпақша
ат.физ.
1) Денениң қарыннан мойынға дейинги бөлегиниң алдынғы жағы, көкирек.
Кемпирдиң геўде жағы сол жерде қалды да, басы ўай-ўай салып домалап кете берди (ққ.х.е.).
2) Адам денесиниң улыўма көриниси, турқы, жотасы, тулғасы.
Адам адамға мийман, Жан геўдеге мийман (ққ.х.н.м.).
Жас геўде! Жатырған ырас сол ма? Жолыққанда қум я батпақлы өткел (И.Юсупов).
Шыбындай бир жанға қарамлы геўде, Көзге көринбейсең енапат деўге (Ақшолпан Аманияз).
3) Төс.
Қурбанлықты сойған ўақыттағы мәҳруқ ислердиң тийкарғылары: гегирдек сүйегиниң геўде тәрепте қалыўы, мойынының қапталынан сойыў т.б.
(газетадан).
4) Ҳаял адамның омыраўы.
5) Дене, бой.
Шайыр сөзин тыңлай бериң тост бер де, Мәртлик ушын жараспайды бос геўде, Досларым аз деп уўайым шекпегил, Жаўыңның да тили айлансын дос деўге (К.Рахманов).
6) аўыс. Кеўил, ой, сана.
Геўдем пүтин, кеўлим қурақ, Өмир қысқа, жолым жырақ, Астымдағы ғашырым пырақ, Атлыға жете алған емес (Бердақ).
7) Ишки, жан-дүнья, өзи.
Геўде менен жол жүрсем Шымбайға қарап, Не татлы қыяллар алады орап, Жаслық жылларымнан ескен самаллар, Алдымнан шығады бир гүлди сорап (Б.Қайыпназаров).
0 Геўмис геўде — Ири денели.
Геўмис геўде, жап-жас түси, Пьяң жигит, жайсаң күши, Соны милиңионер услап, Апаратыр тап үш киси (Т.Жумамуратов).
Пақалдай тербелген геўде, Ал усы бастың өзиде, Қызыл алтын гүл емес пе? Адам гүли отты, суўды, Көндиреди өз еркине (Б.Қайыпназаров).
Косығымның шайдасына, Ири геўде, майдасына, Өмир гүлиң, жайнасын-а! барыңызға шүкир деймен (Ақшолпан Аманияз).
Сөзлериңе ушыппан мен, Куры геўде қушыппан мен, Мени, болдың курытқан сен, Жалғанларыңа алдандым (Ақшолпан Аманияз).
Арыслан геўде — батыр.
Куўыс геўде — ақылы жоқ, ойланбайтуғын, куры турпат.
Оны атқан қанхор-қара бет, Шимиркенбей алды нышанға.
Қылт етпеди қолда пистолет, Куўыс геўде жаўыз қашан да (И.Юсупов).
Куры геўде.
Геўдесин керип дем алыў — рәҳәтлениў.
Геўдесинде жаны бар ма? 1) Тириме мәнисинде.
2) Шаққан ба, шалт, тез-тез кыймылдай ала ма? Геўдесин кериў — еснеў, керилиў.
Геўдесин урыў — мақтаныў.
Геўдеси өртениў — қыйналыў, уўайымлаў.
Геўде көтериў — өзин жоқары сезиниў, менменсиў.