ГАЛЕРЕЯ
Қарақалпақша
ат. 1. Әйўан, бастырма, имаратларда қаптал дийўалларынын бири орнына бағаналар (столб) орнатылған үсти жабық енсиз узын бастырмады курылма.
Бул әсирлер даўамында жетилисип, ҳәр бир өнер адамы өз жаңалыкдары менен байытып, пүгин бир нағыслар галереясын бүгинги әўладқа мийрас етип қалдырған («ЕҚ» г.).
2. Қаптал дийўаллардың бири айналы етип қурылған узын зал.
3. Орта әсирлерде сарай ҳәм үйлердиң сүўрет ҳәм мүсинлер менен безелген дәлизи; Мақбараның оң тәрепинде, жер астында галерея қурылып атыр («ЕҚ» г.).
4. Театрдагы, цирктеги жоқарыңдағы ярус (орынлықлары).
5. Бир нешше көркем өнерге тийисли нәрселер жайласқан арнаўлы имарат, музейлердиң аты.
Третьяков галереясы, Өзбекстан «Истикдол» галереясы.
Усы жыл даўамында иске түсирилиўи жобаластырылған системаның екинши басқышында сыртқы виртўал-галерея музейлердиң каталоглары жайласқан сайты жаратыў жобаластырылған («ЕҚ» г.).
6. Суйықлықтың тегис параллель ағысы.
7. инф.
Фото ҳәм сүўретлерди табыў ҳәм редакторлаў ушын, тағы да оларды интернетке жалғанбай турған халатта да баскарыў.
8. Өндирис ямаса әскерий тағы басқа мақсетлер ушын хызмет ететуғын узын жер асты жолы.