⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ВЕРСИЯ

Қарақалпақша

ат. 1. Қубылысты, бир заттың мазмунын жеткериўдиң, түсиндириўдин көширмелери. 2. Пайда болыўы жағынан бир тийкарға ийе болған, бирақ сюжет шеңбериндеги айырым орынлар, айырым анализи менен ажыралыўшы бир шығарманың бир неше нусқасы. Қарақалпақ халық дәстаны «Едиге» дәстанының миллий версияларының версияласыў ҳәм вариантласыў сагасында туратын ең ески нусқа екенлигин дәлиллейтуғын және бир факт — дәстан қаҳарманы Едигениң қарақалпаклардың этногенезинде тийкарғы орынды ийелейтуғын маңғыт- лардың ақ маңғыт тийресинен шыққан тарийхый тулға екенлиги болып табылады (Г.Алламбергенова). 3. хуқ. Тергеў ҳәм суд искерлигинде тергеўши яки судтың ўақыя ҳәм фактлердиң бар яки жоқ екенлиги ҳаққындағы болжаўы.