БӨЛИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Бир нәрсени бир неше етип бөлшеклеў, бөлисиў.
— Мына нанды үшке бөлип жеймиз (К.Султанов).
Айқыз тутқан балығын тең бөлип алып марданына салды да, және кетти (А.Бегимов).
2. Есап сабағында санды бөлип үйрететуғын усыл, әмел.
Ол дәрҳал бөлшекке ортақ болмайтуғын, оннан кейин биринши ҳәм екинши бөлшектиң бөлимине бөлип, алымын үстине жазыў керек екенин айтты ҳәм сондай бир қанша есаплар шығарды (Ө.Айжанов).
3. Арнаў, белгилеў, шығарыў, шегарасын айырыў.
Малын алты бөлип, бир бөлимин бағышлап атаса, мәлим аты шыққан Мәжнүн деген тулпарды сатып алып, төлесине байлады («Мәспатша»).
Мәдемин келип бизиң қолымызға кирип биз арқалы орын алажақ болса сол ўақта өз шегарамызды бөлгенимиз мақул, - деди (Қ.Ирманов).
4. Майдалаў, усақлаў.
Қара пулды қырққа бөлип усақлап, Неден болды аты жаман гүнайым (Омар).
0 Қақ бөлиў — айырыў, жыртыў.
Ақырсында қақ бөлди де жаўлығын, Жолбарыстың еки аяғын орады (К.Султанов).
Сөзин бөлиў — иркиў, тоқтатыў.
...булардың сөйлесип отырған сөзин бөлип жиберди (А.Бегимов).
Нарекеңниң Бахтыяр, Сөзин бөлип хош деди (Б.Қайыпназаров).
Ойын бөлиў — қыялын өзгертиў, иркиў.
Жатса да, турса да сол аўыл өйын бөлди (Ө.Хожаниязов).
Кеўил бөлиў — кеўил аўдарыў, нәзер салыў.
Қәпелимде Фатийманың үй бетиндеги ызалы сеске ҳәмме кеўил бөлди (Ө.Хожаниязов).
Ўақтын бөлиў — ўақыт табыў.
Бирақ, не деген менен де, жума күни балалар ойынға да ўақытын бөлип туратуғын еди (Ә.Шамуратов).
Күшлерин бөлиў — тосқынлық жасаў, иркиў, тоқтатыў, қарсылық етиў.
...көтерилетуғын күшлерин бөлиў, ҳәлсиретиў сиясатын тутты (Қ.Ирманов).
Демин бөлип-бөлип алыў — демин иркип-иркип алыў, зордан дем алыў.
Сержан болса демин бөлип-бөлип алып, үсти-үстине гүрсинип жатыр (Т.Қайыпбергенов).
Енши бөлиў — ата-ананың баласын бөлек шығарғанда бөлип беретуғын заты, пайы, еншиси, жийенге де берилетуғын зат, нәрсе.
...ҳәр баласына еншисин бөлип берди ғой (ққ.х.е.).
Түн уйқысын төрт бөлиў — уйқыламаў, уйқысын бузыў.
Нешше жыллар түн уйқысын төрт бөлди.
Ойлап қара, адамшылық ар ушын (Т.Жумамуратов).