⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БӘЛӘӘТЛЕЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Жаман сөзлер менен урысыў, қатты кейиў, сөгиў. Сырымбет соңын ала ҳәр кимди бәләәтлеп сөге баслады (Қ.Айымбетов). Бәләәтлеп айтпағайсаң жаман сөз, Сабыр еткил кейнине кетсе де («Қырқ қыз»). Сара есин жыйып қараса, бай оны бәләәтлеп атыр (С.Айний). 2. Қызлардың намысына тийиў, зорлық қылыў. Булар, бирлесип қызды бәләәтлеп жыныс органына зыян еткен (газетадан).