БӘЛКИМ
Қарақалпақша
м.с. Мүмкин, итимал, ким билсин, бәлки.
— Телефонда неге айтпадың, бәлким, күтип алар ма едик, — деп өз өкпесин айта баслады (Ө.Айжанов).
Бәлким, ол өз шеригиниң изинен кеткен шығар (А.Бекимбетов).
Қызыл қаннан дәрья болар қара жер, Оннан жаман болар бәлким салсам сер («Қырқ қыз»).