БӘЙГИ
Қарақалпақша
ат. 1. Жарыс, ат жарысы.
Ол тек усы атты бәйгиге шаўып биринши байрақты алыўына ғана қызығатуғын еди (Ж.Аймурзаев).
Ўа, дарыйқа, бул дүньяда қызық жоқ, Ғәриплерде әзизлик бар, бузық жоқ, Бәйгиден өтсең белли сызық жоқ, Аламан, баламан болды, яранлар (Күнхожа).
Сениң исиң алға кетти, Қатарың бәйгиден өтти (Омар).
ат. 1. Сый, саўға, байрақ, сарпай.
Жети жылға ат жиберип Мойнағым, Қутлы болсын бәйги алған байрағың (К.Султанов).
Жарыстан бәйги алған жүйрик болсаң, Суўдан шығып, айтысайық, болсаң шешен (Әжинияз).
2. Жарыс, сынақ.
Билим бәйгисиниң нәтийжеси (газетадан).
0 Бәйги тигиў — байрақ тигиў, сарпай бериў, сый етиў, саўға қылыў, басын тигиў.
Дус болдым сиздей досларға, Бәйгини тиктим басларға (Бердақ).
Яр ушын басыңды бәйгиге Орамал, шаршыға барыңды төгип, Ҳайыт болса қыз ушын арбаңды жегип, Қулпырып жүресең жигирма бесте (Күнхожа).