БҮЙРЕК
Қарақалпақша
ат. Адамлардың ҳәм омыртқалы жаныўарлардың ашшылықты пайда ететуғын ишки ағзасы (мүше), бөтеке.
Жүзим мийўеси менен бүйрек, баўыр, жүрек, ишек, бас, көз, қулақ аўырғанда, халық медицинасында пайдаланылған (газетадан).
Табылады излегенниң кереги, Көлимде бар қасқалдағы, үйреги, Қуўлары, ғазының пүтин бүйреги, Дүньяның аңлары көлимде барды (Әжинияз).
0 Бүйректен сыйрақ шығарыў — күтпеген жерден шатақ шығарыў, кесе белден бир нәрсе табыў, қапталдан пикир қосыў, болмаған нәрсени айтыў.
Қусбегиниң қәпелимде бүйректен сыйрақ шығарып, бир жасаўылды қайтарыўын «бир ойқан ислейсең-аў» — деп, ҳәр ким ишинен өз атының басынан аўлақ болғай деп отыр (К.Султанов).
Бүйрек бет — томпақ бетли адам, бөтеке бет адам.
Бағана үйден үйге секелек атып жуўырып жүрген бүйрек бет, қара балалар да пошшадай иргеге тығылып, еки көзи далада дилгир (К.Султанов).