⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БУҒЫҚ

Қарақалпақша

ф. 1. Байлаў, таңыў. Жыламай сонда биразы, Беллерин буғып қынайды («Қырқ қыз»). Белин буғып, басына телпегин кийип, қолына ҳасасын алып кетиўге айланды (Ә.Шамуратов). Аяқ-қолын буғып қойып бир баў қызыл жыңғыл сынғанша арбаның шүйине таңып қойып урды (С.Салиев). 2. Қысыў, қылғындырыў, туншықтырыў. Владимирди буғып, өлтирди (Т.Қайыпбергенов). Бираз ҳәсиреттин буғып, Демин алды күни туўын (С.Мәжитов). 3. аўыс. Тақ турыў, тайын болыў, жолына шығыў, таяр турыў, жолында пидө болыў. Енди баба белин буғды, Басыша күнлер туўды («Мәспатша»). Белинди қынап буғмасаң, Басынды жолға қоймасаң («Ер Зийўар»), Қарақалпақ — посқан ел, Хорезмге жетиўге, Ҳәммелери буғды бел (Жийен Жыраў). 4. аўыс. Ораў, шырмаў, орнатылыў, шырматылыў, шыйратылыў. Бир жағынан отақ буғып, Мый жанынан бир жаны бар (Б.Исмайлов). 0 Аўызын буғыў — байлаў, ораў, таңыў.... үлкен бир ала қапқа салып аўызын буғады да, қойларды базарға апарып өткенине сатып келеди (ққ.х.е.). Алқымын буғыў — қысыў, байлаў, туншықтырыў, қылғындырыў. Мойнын езгилеп, алқымын буғып туншықтырды (Ш.Сейтов). Мойнынан буғыў — алқымынан буғыў, туншықтырыў, қысыў, қылғындырыў... оның мойынынан буғып, я аўызы-мурнынан туншықтырып өлтирген болады (А.Бекимбетов). Аўызын буғған өгиздей — сөйлемеў, үндемеў, тил қатпаў, сөз қатпаў. Машинаны тутты алға жүргизбей, Үндеспейди аўызын буғған өгиздей (И.Юсупов).