БУРШАҚ II
Қарақалпақша
ат. Домалақ ҳәм басқа да түрдеги муз бөлеклеринен ибарат атмосфера жаўыны.
Ешкилер суўға түсип шыққан тышқандай болып малпылдап жортып аўылға жақындай бергенде жаўынның арты буршаққа айланды (Қ.Айымбетов).
Соңынан аспан елеги шашыратып себелей баслаған буршақ бетиме себелеп кем-кем үдей баслады (К.Смамутов).
0 Буршақ тер - буршақ сыяқлы домалақ тер.
Ғарры бий бираз ғана тыныс алып, шалғайы менен маңдайының буршақ терине қосылып аққан көзиниң жасын сүртти (К.Султанов).
Тас буршақ — домалақ тас сыяқлы муз.
Жаңбыр кейин ала тас буршаққа айланды (Қ.Айымбетов).