⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БУЛ

Қарақалпақша

алм. көрс.алм. 1. Сөйлэўши менен тынлаўшыға жәдә жақын аралықтағы, оның көз алдындағы, қасындағы затларды көрсетиў ушын қолланылады. Бул кинофильмди мен телевизордан көрдим. Бул Арал мол ғәзийне, зор ырыс ғой, балаларым!. 2. Бир нәрсени белгилеў ҳәм де оны басқалардан айырыў ушын қолланылады. Бул — қабағын жар басына таслап кеткен қыздың анасы - Дәрибийке (К.Султанов). Бул бурынғыдан гөре әдеўир тәўир болды (С.Салиев). 3. Белгили бир орынды, ўақытты, жерди билдириў ушын қолланылады. Мен армияға кететуғын жылы бул аўылда ондай қыз жоқ еди (Ө.Хожаниязов). Бул ўақытта тас төбеге тикленген гүңгирт булт гүздеги ақбастың үпелекдериндей жапыракданып жаўа баслады (Т.Қайыпбергенов). 4. Бир нәрсени белгилеўди билдириўде қолланылады. Бул ақылынан еки нәрсени утып, бир нәрседен утылды (К.Султанов). Бул ғайратына сүйенген жоралары, «өкпеси жоқ» деп ардақтап сөйлейди (К.Султанов). 0 Буны мақуллаў - дурыслаў, макул көриў. Ал, Елмурат атам буны мақуллайды (Ж.Аймурзаев). Булардың бәри - өзинен басқа барлық адамлар, жанлы-жаныўарлар хәм де барлық нәрселер. ...булардың бәрин кеше ядына түсирип Жийемуратка айтыпты (А.Бекимбетов). Буларды қорқытыў - басқаларды, айбындырыў, ҳаўлықтырыў. Буларды қорқытайын, - деп Арзыў кейнине қайтты (Ж.Аймурзаев).