БУЙЫМ
Қарақалпақша
ат. Зат, мүлик, нәрсе дүнья, нәрсе қара, ўәж.
Үстинде жақсы кийим жоқ, Ол бийшарада буйым жоқ (Әтеш).
Ҳәмме орналасып отырды да, олар кабинеттеги отырған адамларды, буйымларды ақырын көзден өткерди (Т.Нәжимов).
0 Буйым емес — ҳеш нәрсе емес, гәп емес, жыр емес.
Даў жоқ, оннан ҳеш ғам шекпең, сынған сүбе қабырғасы ма? ... ҳәзир бизге ол буйым емес, тез питип кетеди (Ө.Хожаниязов).
Бақалы буйым — қунлы зат, мүлик, нәрсе, ўәж, дүнья, нәрсеқара.
Күн көриси төмен аўхал қыйында, Үйинде жоқ бир бақалы буйымда (С.Нурымбетов).