БУЙРЫҚ
Қарақалпақша
ат. 1. Жумыстан босатыў қаққында буйрық.
Буйрықты рәсмийлестириў.
Буйрыққа қол қойыў.
Буйрықты көринерли жерге қыстырып қойыў.
— Ҳәзир директор болғаныңыз қаққында буйрықты аласыз (М.Нызанов).
Деканатта институттан шығарылғаны туўралы буйрық еле қыстырыўлы турған шығар (О.Әбдирахманов).
2. Аўызеки яки жазба тапсырма, қәмир, жарлық, пәрман.
Байдан буйрық алған соң, Қойларын айдап бийшара, Шағыр таўдан өтеди («Қырқ қыз»).
Қәқәрли келген патша буған да кемпириңди өлтир деп буйрық етеди (ққ.қ.е.).
МЕЙИЛИ.
Буйрық мейил сөйлесиўши тәрепинен басқа биреўге қаратылған буйырыў, қәмир етиў, талап етиў, шақырық т.б.
мәнилердеги ис-қәрекетти билдиреди.
Буйрық мейилдиң биринши бетиниң көплиги —(а)йық/-(е)йик формасына ийе (қ.қ.ә.т.).