⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БУЗЫҚ

Қарақалпақша

кел. 1. Жаман, харам нийетли. Гөп болар ма еки еллер урысса, Ашықлықтан түспесин бузық араға («Қырқ қыз»). Ол бузық адам еди (газетадан). 2. Тәртипсиз, минези жаман, дүзелмейтуғын. Алғөрез, жесирди қайтарып, бузық тентегин жөнге салып, жүўенлейди! (К.Султанов). 3. Сынық, бузылған, сынған. ... бузық тракторлардың ҳәммесин бир жерде ремонтлаў керек, — деди инженер совхоз директорына (газетадан). Жарамсыз, иске аспайтуғын бузық телефонларды тез күнде онлаў кереклигин ескертти (ғазетадан). 0 Бузық басы — бузық нәрселерди баслаўшы, басқарыўшы, себеп болыўшы, себепкер. Сиз бузық басы болыпсыз, заман усындай басшысы жоқ елден азады (К.Султанов). Лекин Есенгелди деген бурынғы бийдиң сөзине ерип, бузық басы болды (К.Султанов).