⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БУЗЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Кулатыў, сындырыў, қыйратыў, бүлдириў, жығыў. Бузды гөне қамыс қосын, Мәканлап көлдиң жагасын. Тоқыған барлық шыптасын, Сол қосына тутқан екен (Бердақ). Парахатшылық ушын гүрес, Бөгетлерди өтер бузып (И.Юсупов). Тапсырманың қысқаша мазмуны шегараны бузып өтежақ, ... (Ә.Шамуратов). 2. Бүлдириў, ўайран етиў. Таўды, тасты суў бузар, адамзатты сөз бузар (ққ.х.н.). Зәҳәрли кастыян қара жыланның, Ордаларын бузып ўайран етермен (Омар). 3. Өзгериў, айныў, айнытыў, өзгертиў. Үйдеги есапты базардағы нырқ бузады (ққ.х.н.). ... кеўилди азғырыўға, бузыўға умтылып қашанға шекем жүрер екенсең, ... (Ә.Шамуратов). Атанның, «қуда атын» айтысып оқыған ақ пәтиясын бузды (К.Султанов). 0 Түсин бузыў — өзгертиў, қубылтыў. Жаңағы ҳаял қаны қызып, Шыр-пыр болды түсин бузып (Ш. Артық). Ўәдесин бузыў — ықрарын өзгертиў, айнытыў. Ғайры дин адамлары алдында ўәдени бузыў исламның дийўалына күйе жағыў, балам (Т.Кайыпбергенов). Турмысын бузыў — хожалығын бузыў, бала-шағасынан айырыў, хаялы менен ажырасыў. Оразбайдың гүлдей турмысын буздым (А.Бекимбетов). Кеўилин бузыў — ыдыраў, жылаў. Уста кеўилин бузып бозлап жылады, Ишине от тийип баўыры жанады (А.Дабылов). Топ бузыў — шоқты таратыў, тарқатыў. Ар-намысқа қызарсаң ба? Жаўдың тобын бузарсаң ба? (А.Дабылов). Мереке бузыў — шатақ шығарыў, бүлдириў. Сондықтан олар бир-бирин андып, мереке бузыўына жол қоймады (Т.Қайыпбергенов). Уйқысын бузыў — уйқыда жатырған адамның мазасын алыў, оятыў. Кеше қуптаннан бери жерди қара думанға орап, түнерип турған түн таң самалы уйқысын бузғандай қара шымылдығын жыйнап, батысқа қарай тутас көшип баратыр (К.Султанов). Ел дәстүрин бузыў - үрп-әдетке мойынсынбаў, бағынбаў, шатақ шығарыў, ўайран етиў. Жесирин алып бассынғанына Халмурат ҳәм, ел дәстүрин бузғанына биз хәм қапамыз (К.Султанов). Қағыйдаларын бузыў — режимди сақламаў, надурыслық етиў. Ал, көше ҳәрекетинин қағыйдаларын бузыў — бул барып турған тәртипсизлик (газетадан). Бузып-жарыў — айырыў,