⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БОСАҚ

Қарақалпақша

ф. 1. Қутылыў, еркин болыў, жаздырылыў. Мүддетим питип, солдатлықтан босандым (Қ.Аралбаев). Нийетулланың тюрьмадан босап үйине келгенин еситип, ҳәмме келип атыр (Қ.Ирманов). Мен армиядан босап аўылға қайтып келгеннен кейин ол маған колхоздың қарамал фермасына басқарыўшы бол деп усыныс етти (А.Бекимбетов). 2. Жибисиў, балқыў, ҳәл-дәрманы қурыў. Өкпеси аўызына тығылып, буўыны босап қалтыранып, Омардың үйиниң тусындағы гезенге қарай бирэў киятыр (газетадан). 3. Уақты болыў, қолы тийиў. «Бийдәўлеттиң талабы жигилдик» дегендей, сабақ таярлаўдан қолым босай қойса, талабым қармақ салыў еди (К.Смамутов). 4. Орнынан алыныў, шығарылыў, шығып қалыў. Демек, кеше колхоз баслығының жумысынан босағаны да дурыс екен! — деп ол бираз ой жуўыртып орнынан турды (А.Бекимбетов). 5. Жаздырылыў, шешилиў. ...баўланған пишенлердиң баўлықлары босап кетипти, ... (А.Бегимов).