БОС
Қарақалпақша
кел 1 Жумсақ, майысқақ, қайысқақ мына ақ қалайы сым да бос екен (газетадан) 2 Пайдаланылмаған ўақыт, жумыстан тысқары, қуры жүриўшилик, мәзи гезиўшилик Еки бастан қолың бос, саған сол қайым ғой (Ө.Хожаниязов) Жөн таба алмай босқа жүрген, Өз сырын журтқа билдирген (С.Мәжитов) 3 Ҳеш нәрсе илмеў, пысы қурыў, жетпей қалыў Кемпир де жармадан бос қалған еди, (Қ.Айымбетов) 4 Ҳеш нәрсесиз, қуры қол ол да бизикине ҳеш нәрсесиз бос келди (газетадан) 5 Ишинде ҳеш нәрсе жоқ, қурыдан-қуры турған ыдыс Өзи барып қарады, ураның тек өзи бос тур, хаў буған не болған?! (ққ х е) 6 Қурыдан-қуры үмит етиў, мәзи дәметиў Мынаў қумда талай баба, Бос үмитке уртын хөллеп (И.Юсупов) 7 Пайдаланыўсыз, қуры пайдасыз Хорезмдеги үсти ашық, бос жатқан жерге қоныс басқан (Қ.Ирманов) 8 Ашық, ийесиз, бәнт емес, ҳеш нәрсесиз Әзим ислеген участкада бир мастердиң орны бос (газетадан) қапталындағы бос орынға отырдым (Т.Қайыпбергенов) Бос жүрек — ырайшыл, жуўас, мийнеткеш Бирақ, көкирегиниң бос жүрек екенин билдиргиси келмей артына бурылып есикке жүрди (Т.Қайыпбергенов) Аўызы бос — өзиниң де, басқаның да сырын жасырмай айта беретуғын Андап сөйле, аға, сениң аўызың бос Күйеў деген ўақтынша бир кеўил хош («Мәспатша») Бос ораў — селпи, олпы Жаңа үйреншиклер жипти бос орап, бир ийнеликти әлленше ўақытта жипке толтырады (К.Султанов)