БОРАЎ
Қарақалпақша
ф 1 Қәҳәрли қатты суўықта қардың уйытқыўы Уйытқып боран қар боратар баса-бас, Қурбан тиклеп жолдасына қарамас (И.Юсупов) 2 Күн суўытып, қатты даўылдың тәсиринде қумның, топырақтың ҳаўаға көтерилиўи Ески «Қырқ қыз» даласында боран борап тур, Зор даўылдың қум аралас үргини (Т.Сейтжанов) аспанды басына көтерип, жерден топырақлар борап жоқарыға атылды (А.Бегимов) 3 аўыс Мылтық оқларының қардай, жамғырдай төгилиўи, түсиўи Оқ турғанда қардай борап, Жаўлар алғанда орап (С.Нурымбетов) Жаў жағадан алып турған жыл еди, Оқ төбеден қардай борап тур еди (К.Султанов) 4 аўыс Тоз-тоз етиў, топылыў, ушыў, уйқы-туйқы етиў Айтқанға жүрмесең қарап етиўге, Қардай борап келмеспекен ул-қызың («Ер Зийўар») Он төрт жасқа келгенде, Жаўған қардай борадым («Қырқ қыз») Қардай борап кәқәрленди, Күтә ашыўы келген екен (Бердақ) 5 аўыс Көп сөйлеў, мазасын алыў, бурқыраў