БОЗ III
Қарақалпақша
1. Боз торғай ат. Буўрыл, ақшыл түсли қус.
Бир боз торғай бирден пыр етип көтерилди (С.Салиев).
Атыздағы боз торғай пыр-пыр етип, ушып-қонып, шырылдап, сайрап, уядағы жез қанат, жас палапанына қурт-қумырсқа тамақ излеп жүр (газетадан).
2. Боз тарлан — Буўрыл, ақ түсли хайўанат, жанлы-жаныўарлар.
Ушып кеткен боз тарланым келипти, Сизге, бизге бүгин өлсек әрман жоқ («Алпамыс»).
Әмет минген боз тарланды ойнатып, Минип сулыў полат суўлық шайнатып (И.Юсупов).