⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БИРДЕН

Қарақалпақша

р. Қәпелимде, аңсызда, тосаттан, күтпеген жерден, тез. Бирден күн боран болып кетти (Н.Островский). Бирден айтыў — сол ўақытта, ҳәпзаматта, тезден жуўап қайтарыў. Топа-торыстан бирден айтыў да кыйын екен (Ө.Хожанов). — Жоқ, — деп бирден жуўап айтты, ... (Ш.Артық). Бирден иркилиў — тоқтаў, гидириў. Азаннан бери бурқасынлаған қар бирден иркилип қалды (Т.Қайыпбергенов). Қал бай бирден иркилип, бизлерге қарады (Т.Қайыпбергенов). Бирден түсиниў — дәрриў, тез, жылдам. Жумагүл жас емес, буныңдай нәрсени басынан кеширген, бирден түсинди (Ө.Айжанов). Бирден суўытыў — тез, шаққан, сол ўақытта, сол заматта. Қүн бирден суўытты (Т.Қайыпбергенов). Бирден туўлаў — жулқыныў, тартыныў. Кийик бирден туўлады, Тула бойы жуўлады (Т.Жумамуратов). Бирден урыў — сабаў, салып жибериў, силтеў. Шанышқанда шанышқыны бәриң бирден урың, ...(Қ.Айымбетов). Бирден жаны шығыў — а) қорқыў, ҳүрейи ушыў, шоршыў, силкиниў, ҳаўлығыў. Бул жағдайды көрген Артық аға бирден жаны шығып кетти (Т.Қайыпбергенов). б) бирден өлип қалыў, жан тапсырыў, жаны шығыў. Шықты жанлары бирден, Таяқ жаман тийген екен (Бердақ). Бирден танланыў — ҳайран қалыў. Бирден танланып: — Сержан шырағымбысаң!? — деди ол даўысы дирилдеп (Т.Қайыпбергенов). Бирден қалғыў — бирден уйкысыраў, мүлгиў. Ол харығанлықтан ба бирден қалғып кетти (Қ.Султанов). Бирден үркиў — секириў, шапшыў, ҳаўлығыў. ... ғунан бирден уркип кетти (Ө.Хожаниязов). Бирден ояныў — шоршыў, шоршыныў. Бирден оянып, жас бала нәрсе, мени көрер де, ҳаплығып кетер (Т.Қайыпбергенов). Бирден сезиклениў — гүдиклениў, қәўиплениў, секириў. Анасының сөзинен бирден сезикленип, нәрсе қараларын жыйнап орнынан турды (Т.Қайыпбергенов). Бирден жылаў — ҳә демей жылаў, бирден өкириў, өксиў. Бул гәпти еситкен Сара бирден жылап жибереди,.., (С.Айний). Бирден кийлигиў — ашыўланыў, тулланыў, күйиниў, кейиў. ... Темирхан атаға бирден кийликти (Т.Қайыпбергенов). Бирден-бир — анық, ҳақыйқат. Қарақалпақстанда жер асты ҳәм жер үсти байлығын қыдырып табыў бул экспедицияның бирден-бир ўазыйпасы болып, Қарақалпақстандағы тәбийғый минерал ресурслардың кәнин ашады (газетадан).