⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БИЙИК

Қарақалпақша

кел. 1. Бойы узын, зор. Бийик шөпкер жайдың қараңғы төринде, көзи көзлик пенен таңыўлы қызыл түйе жуўаздың еки ашасының ортасынан айланып тур (Б.Бекниязова). Мен үйдиң қасындағы бийик теректиң уша басына минип, олардың сыртынан бақлап отырдым (Т.Нәжимов). 2. Жоқары, артықмаш, зыят, көп. Көтерил көкке, Өрле бийикке, Сезимиң артып (Г.Есемуратов). Ел сүймесе, мениң жайым төр ме еди? Бийик бахыт қыран қустай өрледи (Т.Жумамуратов). 3. аўыс. Күш, қуўат, әжайып, қүдирет. Сонда мен айрықша қәдирли ҳәм қәсийетли, таң азанғы жаңа түскен шықтай таза, өзине тартыў күши аса бийик кәраматты сездим (Ө.Хожаниязов). 4. аўыс. Әрман, тилек. ...жалынлы тилек, бийик-бийик әрманлар жатыр еди (Ө.Айжанов). Кэўлимде толы әрман, кирим бар, Дәрт үстине дәртим бийик бар (Күнхожа). 5. аўыс. Куўаныш, шадлық, ўақтыхошлық, байлық, жақсы турмыс. Шадлықтың бийик таўыиа шықты (Т.Нәжимов). 0 Бийик өкше — бийик етип тигилген аяқ кийим, етик, ботинка, туфли. Қыйыр-шыйыр қасқырдың изин де, бийик өкшели қашқынның изин де көрди (Ш.Сейтов). ...төне бийик өкшели, сири гүлмыйықлы етигин сорап алған еди, ол соны кийди (Т.Қайыпбергенов).