⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БЕРИЛИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Бир нәрсеге кеўил қойыў, ынтығып қараў, сер салыў, ғалаба қарасыў. - Зыяны жоқ, ... тәсирли бир қыялға берилип кеткен шығарсыз (А.Бекимбетов). ... балалық қыялга берилип шеберлигимди, уқыплы екенимди бир көрсетип таслағым келди, ...(Ө.Айжанов) Қандай ис болмасын оған шын берилип ислеў керек (Газетадан.). 2. Бир нәрсеге берилиў, шуғылланыў, бәнт болыў. Хызметте жүргенде ишиўшиликке берилип, көп жерде сыры ашылып, халыққа күлки болған жерлери де болды (Қ.Айымбетов). 3. Биреўге бир нәрсениң берилиўи, тапсырылыўи, баҳа берилиўи. Мине, Перигүл бүтин мектептен қайтып келип, муғаллим тәрепинен үйге берилген тапсырманы орынлаўға киристи (Ө.Айжанов). Биринши сөз Орынгүл Сабуроваға берилди (Ж.Сейтназаров) ....аз да болса мийнет еллериниң образы берилди (Г.Есемуратов). ... сөз басында түсиник берилген (Қ.Айымбетов). 0 Мәўлет берилиў - белгили бир нәрсеге ўақыттың берилиўи. Байға еки келте базар, бир узақ базар — үш базар мәўлет берилди (К.Султанов). Дәкки берилиў — тыйым салыў, ескертиў, қайтарып таслаў. Олардың дәккиси берилиўи керек (С.Нурымбетов).