БЕЛГИЛИ
Қарақалпақша
кел. Билинген, мәлим, анық, айқын, атақлы, аш ылған, тийисли.
Бердақ қарақалпақ әдебиятының тарийхында белгили орын алады (Қ.Айымбетов).
Белгили турақлы мәнзил ханамсаң, Сыйынарға пирим, жигер санамсаң («Мәспатша»).
Қарақалпақлар тарийхын терең изертлеген белгили тарийхшы П.П.Иванов бул ханлардың бесеўиниң қарақалпақлардан болғанлығын анықлаған (К.Мәмбетов).
0 Белгили болыў — ҳәммеге айқын, анық, мәлим болыў.
Бул ўақыя көпке белгили болып қалды (Қ.Айымбетов).
Ал, бул патшаның елине белгили болсын, белгисиз болсын, басқа жақтан адам келиўге болмайтуғын еди (ққ.х.е.).
Белгили баслы — ири, көлемли, көзге көринерлик, хақыйқат.
Белгили баслы кәсип-кәрим болмаса да, соңғы ўақытлары атыздағы адамлар арасына жийи-жийи барып турдым (Ө.Хожаниязов).
... аўылдың белгили баслы жигитлери отырыспа шөлкемлестиреди (Н.Дәуқараев).
Белгили мәкан — анық, шын, ҳақыйқат, дурыслы орын.
Қоныс басқан жеримиз, Муңайтпас деген бул атаў, Белгили мәкан еттик биз (Жийен жыраў).