⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БЕЛГИЛЕЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Шәртти белги қойыў, бир ўақытты белгилеп қойыў. Пахта ушын белгилеп, Берген жери кеўилге, Унамайды тазадан, жер таппасаң егиўге (Б.Қайыпназаров). 1929-жылдың сентябринде экспедицияның белгилеген маршрутын аяқдадық (К.Айымбетов). 2. Қадағалаў, бақлаў, сер салыў. Келген жерин белгиледи де, келип тағы атына минди (Т.Қайыпбергенов). Белгилепти Қазақстан жерлерин, Тастырыўға ақ бийдайдың кәнлерин (Т.Сейтжанов). 3. Уйғарыў, шөкелеў, бейимлеў. Досжанды әскербасы қылып белгилейди (ққ.х.е.). Өзиниң сүйген адамларынан ўәзир белгилейди, ...(ққ.х.е.). Бий-ақсақаллардың белгилеген жигитлери ата-анасын таслап кеткиси келмеди (Қ.Ирманов). 4. Белги қылыў, таңба салыў. Солай етип, бала белгилеўишин жолбарыстың арқа таспасын кесип алып, иштен белине қыстырады, ...(ққ.х.е.).