⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАҲАЛАЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Тийисли қунын, нырқын, баҳасын қойыў. ...ҳәр бир бекирени үш теңгеге баҳалап аламан (Қ.Ирманов). Қырқ манатқа баҳалап аў қайық бердим (Қ.Ирманов). 2. Ҳүрметлеў, қәстерлэў, қәдирлеў. Бизиң елимизде мийнет еткен адамды қәдирлеў, баҳалаў деген дәстүрге айланған (Ө.Айжанов). Ол кеселлердиң қымбатлы уйқысын қәдирли баҳалайды (А.Бекимбетов). Мийнеттиң қәдирин билген адам ғана дүньяны баҳалай алады (Ж.Аймурзаев).