БАҒЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Жанлы-жаныўарларды күтиў, қараў.
Қойшылық қандай кеўилли, жаныўарларды бағ аман (Д.Қасымов).
Күни менен байдың ылақларын, қозысын бағып, кеште шығарып айдап, аўыр мийнет етип жүрип, оқыдым (А.Бегимов).
Мамыттың әкеси Дәўлет оны Қуўанышжарманың бойындағы халықтың қой-ешкисин мийнет хақы алып бағыўға берди (Т.Нәжимов).
2. Тәрбиялап өсириў, асыраў, сакдаў.
Кемпир балаңды мәрдикарлыққа жиберетуғын болдым, ҳеш қапа болма, сизлерди өзим бағаман — деп маған 4—5 теңгени узатты (Ә.Шамуратов).
Шаққан, шаққан, шаққан қыз, Наўқан қуртын баққан қыз (И.Юсупов).
3. Талапланып көриў, тырысыў, бакдаў.
Түни менен уйқысының шала болғанына қарамай жуўмакданбаған пикирин ҳәзир ғана бир жерге түйдеклегиси келип бақты (Т.Қайыпбергенов).
Отаўдың ошағының күлин ләгенге қосыўыслап салып атырған қарсы алдындағы жумалақ жүзли, орта бойлы хаялға шаншылып қарап, басқан адымын бағып отыр (К.Султанов).
«Ала тайды отлатып, Жақсы күтип бақ» деди (И.Юсупов).
4. Байқаў, абайлаў, қараў.
Оларға жыр емес күнниң батқаны, Балық тасыў күни-түни баққаны (К.Султанов).
Ой жиберсең кең дүньяға, Бақсам қайырылып қыяға (Ә.Шамуратов).
Ақсақтың ақырына бақ, Соқырдың соңына бақ (ққ.х.н.).
5. Изин күтиў, соңына қараў, қараўыллаў.
Адасқанның артына бақ не шара?! Намыссызбан жүзим, кеўилим қап-қара (И.Юсупов).
Қөрсеңиз бир пери наз бенен бағар, Наз етсе ашықтың жаныны жағар (Әжинияз).
Лақабы оның хийўалы қыз, Таң юлдузы таңға бағар (Әжинияз).
0 Аўызын бақты — сөйлеўин күтиў, сөзин байқаў, андып турыў.
Арғы тарийхын айтып қояма дегендей, бир-бириниң аўызын бағады (К.Султанов).
Қараңғыда не қылып жүрсең, биреў қуўды ма? — деп бетинен еки көзимди айырмай аўызына бақтым (Әд.хрес.).
Қыздың сөзи оған жақты, Тағы айтсын деп аўызын бақты (Ш.Артық).
Бағып-күтиў — күтиў, қараў, сылап-сыйпаў.
...малды бағып-күтиў, сүт саўыў жөнинде көп ғана тәжирийбе үйренип алдым (Ж.Сейтназаров).
Бағыў үйи — асырайтуғын, сақлайтуғын, қарайтуғын, күтетуғын, тәрбиялайтуғын орын.
Мен жаңа Самарқанд қаласындағы қәўенлерсиз, қараўсыз қалған балаларды бағыў уйиниң тәрбияшысынан Садулла жөнинде жақсы хат алдым, — деп лейтенант Бекниязов асығып, албырақлап, тез-тез айтты да қолындағы хатты капитанға усынды (А.Бекимбетов).
Мийзамын бағыў — кеўлине қараў, райына қараў.
Басындағы қазына мақпал тақыяның пөпеги поррықтай аппақ жүзине қуйылып жарасып, еки бетиниң солқымланған алмасына сәўкеледей төгилип, бәйбетше тақлетте отырған баласына Нуржамал жалт-жалт қарап, мийзамын бағып отыр (К.Султанов).
Ҳәддине бағыў — қалын билиў, шамасын билиў.
Билемен сениң қаслың қарақалпақ, Қолыңа таяқ алда малыңды бақ, Өлтирип еки бирдей инилеринди, Хийўаға хан болмаға қәддиңе бақ (Бердақ).
Үнсиз бағыў — сөйлемеў, үндемеў.
Асфальяның нурсыз тартқан нәзери, илаж таппай, залға унсиз бағады (И.Юсупов).