БАҒМАН
Қарақалпақша
ат. 1. Бағда төрбиялаўшы, мийўе ағашларының өсиўине, писиўине қарайтуғын адам.
Бурын кәсип дегендей кәсип болды ма, ҳәзир колхозда бағманман (Н.Дәўқараев).
Жазлар болса бағман терер мийўени, Тәўип табар бул дәртине даўаны («Қырқ қыз»).
... хожалық буйымлары дүканынан бағманларға арналған дәрилерди сатып алып, сонда көрсетилген қәделер менен жумыс ислеў керек (газетадан).
2. аўыс. Өмирде, турмыста «устаз» мәнисинде қолланылады.
О әдиўли муғаллимим, устазым, Балалық өмиримниң болдың бағманы (И.Юсупов).
Алдында отырған мына адам оған жаңа өмир есигиниң бағманы сыякды болып сезилди, өзи бир бағқа кирип, ал отағасы сол бағдың тәрбияшысы сыпатында сезилип тур (Ө.Айжанов).
«Устаз — өмир бағманы» деген халқымызда даналық сөз бар (газетадан).