БАЯН I
Қарақалпақша
баян етиў ф. 1. Айтыў, түсиндириў, хабарлаў.
Ағалары әлле не ўақытта таўып алып, ўақыяны баян етеди (ққ.х.е.).
Айдостың Хийўадағы досты медресеге барып, Ырза менен Төреге болған ўақыяны баян етти (К.Султанов).
Қәлек кемпирге қысқаша етип, өзлериниң сапарының жөнжосағын баян етти (Қ.Ирманов).
2. Уақыяның баяны, тарийхын тәрийиплеў.
Сораған балалардың ҳәммеси де Уғыл кемпирдиң жийени болған Садулланы жақсы билетуғын оның түр-түсин, минез-қулқын ашып баян етип айтып берди (А.Бекимбетов).
Бастан баян етсек қысқа, Кетти жигит қурылыска (И.Юсупов).
Баян етсем дәрьяның оң жағасын, Шексиз жатқан Қызылқумның саласын (Ә.Шамуратов).
3. Ҳәр бир жеке адамның турмысы, өмирбаяны.
Бизлерге басынан өткен барлық ўақыясын бирме-бир баян етти ...(ққ.х.е.).
0 Баян қылыў — тәрийиплеў, айтып бериў.
Буннан соң бул сырдың не екенин түсинбей қайтып келип, қатынына болған аўҳалды баян қылады (ққ.х.е.).
Айтып қылдым баянын, Көргенди ерксиз қаратты («Алпамыс»).
Хийўа ханның сумлығын, Бир-бир баян қылады (Бердақ).
Баян етиў — түсиндирип айтып бериў, тәрийипин айтыў, жай-жағдайын түсиндириў.
Қула дүзде ылайықлы қосылдық Баян әйле, хаслың ким боларсаң («Мәспатша»), Сулыўлығың сизге баян әйлейин, Көзиң түссе хәр бир жериң мой берер («Алпамыс»).