⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАТЫРЛЫҚ

Қарақалпақша

ат. 1. Жаўдан ҳәм душмандан елди қорғаўшылық, елин, журтын, Ўатанын сүйиў, ерлик. Гагарин, Титовтай көрсет батырлық, Әне ерлик бир әсирге татырдық (К.Султанов). Гүжисин, қайнасын гүрес даласы, Берк қолдансын батырлықтың сарасы (Ж.Аймурзаев). Қылыш берип қолына, Батырлыққа үйретти («Қырқ қыз»). 2. Ғайратлылық, жүреклилик. Оның зулымлығын бетине батырлық пенен айтты (Қ.Ирманов). Не болса ол болсын, — деп тула бойымдағы барлық батырлықты, мәртликти жыйнадым (Ж.Аймурзаев). Ҳәр нәрсеге тәўекел батырлық керек, болғаны сол (М.Абдраймов).