БАТЫР
Қарақалпақша
ат. 1. Ер жүрекли, күшли, қайсар, батыл, қорықпайтуғын, қаҳарман.
Арыўхан жеңгейдиң айтыўына қарағанда жүдә батыр, сымбаты сулыў жигит қусайды (А.Бекимбетов).
...өзинен киши жасларға атлы Дон казак корпусының әжайып батыр ислериниң ертедегисин сөйлеп бермекте (Қ.Айымбетов).
2. Елдиң жаўына, душпанға қарсы гүрескен, дәстанлардың, эпослардың, қаҳарманы.
Саўаштан келгендей батыр Алпамыс (Г.Есемуратов).
Саўыт кийип сайланып, Батыр жолға жөнелди (Қ.Айымбетов).
Жеңилместен еки батыр, Музды шайнап қашыр-қашыр (Бердақ).
О, Гүлайым, қарақалпақ батыры, Арқыраған Арысланның сырласы (Т.Сейтжанов).
3. Ўатаны ушын жанын аямаўшы, ўатанын сүйиўши.
Батыр шығар халқынан, Халқын жаўдан қорғайды («Ер Зийўар»).
Күйди ышқы отында, Гегоның ышқысында.
О, бирақта жас батыр, Әлди қанлы саўашта (И.Юсупов).
4. Халықты, елди басқарыўшы, изине ертип жүриўши басшы.
Енди тоқтамасын билген соң жигитлер ардақлап баратырған батырдың соңына ерди (К.Султанов).
Бердақтың өз дәўиринен бурын XVIII әсирдиң ортасында қарақалпаклардың Бухара ханына қарсы көтерилисин баслаған қарақалпақ батыры (Қ.Айымбетов).
— Қабырғаман деп атыр ма? — деди Сүйиниш батыр гүңк етип (К.Мәмбетов).
5. Жумыстағы қаҳарманлығы, жигери, ғайраты, күши.
Ылғаллы мийнет батыры, Бирлескен күшке қуўанып, Жумыс қылып жайнап жүр (Ж.Аймурзаев).
Жерге уста, иске батыр.
Келсе сахра гүллеп атыр (К.Султанов).
6. Атақлы, даңқлы.
Қәҳәрленип Клим батыр атланса, Ўатан, халықтың қарыўына не сөз бар (С.Нурымбетов).