⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАСЫҚ I

Қарақалпақша

ф. 1. Бир нәрсениң үстине күш түсириў. Жазығы жоқ тонның пешин, Ғыжлап турған қозға басты (Т.Жумамуратов). 2. Қозғалып жүриў, адымлаў, қозғалыў. Аяғын газ-ғаз басып терезени үш рет шертти,... (Т.Қайыпбергенов). Үйге қарай сырт-сырт басып киятырған геўишлердиң сести шықты (Қ.Султанов). 3. аўыс. Аяқ асты қылыў. — Сени жаңғыз деп толы, «Тоқымбет» елатын аяққа басты (К.Султанов). 4. Газета, журнал, китапларды баспадан шығарыў. Әдебият ўәкиллеринин шығармаларын басып шығарыўға үлкен кеўил бөлингенлиги тәбийғый нәрсе (Б.Исмайлов). 5. Егилген дийқаншылықты, бос жатқан жерлерди жабайы шөплердиң басып кетиўи, ғаўлаўы. Бир ўақытлары усы кәраларды жабайы өсимликлер басып ҳәм жабайы хайўанлар мәкан етип жатқан (С.Хожаниязов). ...сора басып қалған жерлерин аралап жүрди (Қ.Досанов). 6. Жер жүзин, дүньяны, әлемди қаплаў, бир нәрсениң бетине жайылыў. Түнерип кетти күн асты, Ҳаўаны кем-кем булт басты (Т.Жумамуратов). Оқыў оқып билмегенди билгеним, Бултты басып бийик таўға мингеним (Ә.Шамуратов). 7. Илгери жүриў, өрмелеў, қыймылдаў. Тулпарға қамшы басады. Бәлент кумнан асады («Ер Зийўар»). 8. Бир нәрсени қумартыў, қәлеў, ынтығыў. Бүркиттей тарпа басып, салалы әскер пәнжеси менен өңешин үзер ме еди, ким билсин (К.Султанов). 9. Жер бетин бир нәрсениң күш пенен жайылып қалып кетиўи. ...суў тасып еки жағасын басып кетипти (газетадан). 10. Бир нәрсени ийтериў, қозғаў, ҳәрекетке келтириў. Дийўалға орнатылған включательди бармағы менен басып, есик бетке қараған еди (Т.Нәжимов). 11. Истиң онғарылыўы, жөнлесиўи, сазласыўы. — Әлбетте исим де оңға ба