⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАСЫМ I

Қарақалпақша

кел. Бир нәрсениң екинши бир нәрседен артық, зыят, мол, үстем болыўы. Қыял етип қарасам, Айпарша басым келеди («Мәспатша»). Басым келип сур қалмақтың қарыўы, Жаным ата жулынынды үзипти («Қырқ қыз»). Басым еди балалығымыз (К.Назбергенов). 0 Басым болыў — күшли келиў, зыят келиў, артық келиў. Жигиттиң кеўли хак, адамгершилиги басым болып, ҳәмме отырып болғаннан кейин ғана өзине орын излейтуғын еди (Ө.Айжанов). Онда миллийлик басым болғаны ушын авторлар базыда эмоцияға берилиўи мүмкин (К.Мәмбетов).