БАСТЫРЫҚ
Қарақалпақша
ф. 1. Бир нәрсениң үстин, жүзин бастырып қойыў, қаўсырыў, бүркеў, жабыў.
Сол күни жер төлени бастырып алып, аўқатқа да тойдық (Ө.Айжанов).
Қазанның қақпағы бастырыўлы қайнап, пуўы қазанның ернегинен шығып тур (С.Хожаниязов).
2. Баспадан китап шығарыў.
Баяты «гүл» бүлбүлди уйқастырып, шатпақлап өзгертпей-ақ үш бастырып шығарды (И.Юсупов).
3. Материалды машинкадан шығарыў.
Капитан машинистка қыздың қасына келип мынадай мазмунлы приказды айтып турып бастырды (А.Бекимбетов).
4. Хүжнм жасаў.
... 1714-жылы Хийўанын ханы Ядгархан Арабия сапарына кеткен ўағында Араллы өзбеклериниң қуўатлаўы нәтийжесинде қарақалпақ ханы Ешим Мухаммедтиң Хийўаға бастырып киргени хаққында айтылады (К.Мәмбетов).
0 Атқа бастырыў — аттың алдына салып айдаў, куўыў, сабаў, урыў.
Ғайратын қатаң тастырды, Өкшесин атқа бастырды, Суўпы-ийшанды айдады («Мәспатша»)... атқа бастырып, желке шашыңды жулғысы келеди.
... (Ө.Хожаниязов).
Шаңға бастырыў — шаңды бурқыратып өтиў, шаңда қалдырыў, озып кетиў.
Усы Аршан өзектиң жағасында той-мерекелер болғанда бай балалары үстимизден жорға сүрип өтип, шаңға бастырып өтетуғын еди (С.Хожаниязов).
Мөрин бастырыў — белгили бир документти тастыйықлаў ушын мөрин қойдырыў, бастырыў.
Бийге жиберип, мөрин бастырып, пүткиллей қатым етип алды (А.Беғимов).
Аяғын бастырыў — кишкене балаларды, жанлы-жаныўарларды көтерип аяғын бастырыў, аўырыў адамның, жығылған адамның қолтығынан көтерип аяғын бастырыў, сүйеў.
Жас бузаў тентиреклеп кетсе оны тикейтти де аяғын бастырып сүйеди (Ө.Айжанов).
Мала бастырыў — айдалған жердиң ири кесеклерин майдалап тегислеў, егинниң үстин ўайранлап таслаў, жапырыў.
Сөйтип доңызға мала бастырып, Дәўеке писейин деп турған жүўерисинен айырылды (Қ.Айымбетов).