⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАСТАН

Қарақалпақша

р. Әўелден, дәслептен, алдыннан, әдептен, әўел бастан, алды менен, алдын ала, алды бурын... Усыны бастан-ақ ислеў керек еди, — деп Сәлийма ашыўланыўы менен есикти тартып урып кетти (К.Султанов). 0 Бастан-аяқ — бир нәрсениң басынан аяғына шекемги аралық, басынан аяғына шекем. Болған ўақыяның ҳәммесин қалдырмастан, бастан-аяқ Мәтеке председательге баян етти (К.Султанов). Бастан кешириг — болған ўақыяны, ҳәдийсени өз турмысында көриў, өткериў. Сапар барлық қыйыншылықларды бастан кеширип келди (К.Султанов). Жетим де өзине боларлық қыйыншылықларды бастан өткердим, — деп баян етип отыр (Ж.Аймурзаев).