БАРМАҚТАЙ
Қарақалпақша
кел. 1. Үлкен емес, кишкене, азғантай, қурттай.
Бий санлығынан бармақтай Самарқанд тирийегин алып, үшке бөлди (К.Султанов).
... Дәўет қәлемин алып еки бармақтай қағазға еки-үш түртти де үш мүйеш етип бүкледи,...(Ә.Шамуратов).
2. Бармақ сыяқлы, усаған, яңлы.
0 Торсыйысқан бармақтай — сулыў, домалақ бармақ сыяқлы.
Торсыйысқан бармақтай, Гүз писирди жүзимди (Т.Сейтжанов).
Бес бармағындай билиў — ҳәмме жағдайын билиў, майда-шүйделерин, уңқыл-шуңқылын билиў, бес саўсақтай билиў.
Пирнияз аўыл хожалығын бес бармағындай етип биледи (Т.Нәжимов).
Кимниң баласының я инисиниң, болмаса сүйиклисиниң қай жерде не кәр ислеп атырғанын бес бармағындай билип алдым (Ө.Хожаниязов).