⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАРМАҚ

Қарақалпақша

ат. Қол ҳәм аяқтың бармаклары, саўсакдары. Балалар қолын жасырып, ойнаған ойындай қылып бир қолының бармағын екинши қолы менен қысып услап алып,«мине тақсыр«, деп көрсетип атыр (Қ.Айымбетов). Ал кесте тиккенде он бармағы ойылған шебер, ... (А.Бегимов). 0 Бес бармақ — қолдың ямаса аяқтың бес саўсағы. Оқыўшыларға қарап хүрмет пенен оң қолының бес бармағын қатаң услап,... (А.Бекимбетов). Бердибай күле шырай менен қасына келип бес бармағын жазып қол көтерип сәлем берди, аман-түўел сорасты (С.Мәжитов). Суқ бармақ — қолдағы бес саўсақтың ортасындағы ең узыны. Бул нәрсе дәметкендей, қолындағы банкасын суқ бармағы менен шертип турды (Ө.Айжанов). Бармақ тислеў — өтип кеткен ҳәдийсеге өкиниў, ренжиў, пәнт жеў. Бул әдетиң менен өзиң бир күни бармағыңды тислейсең ғой өкинип (Т.Әбдимуратов). Тислеўли кетип бармағың, Ишинде кетип, әрманың (ққ.поэз.ант.).