⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАЛЫҚШЫЛЫҚ

Қарақалпақша

ат. 1. Балық тутыўшылық, аўлаўшылық балық ҳаққындағы кәсип. Қарақалпақлардың хожалық ислери балықшылық ҳәм аўшылық болды (Н.Дәуқараев). ...дәрьяның төмен жақлары, жаңадан суў барған жер болғанлықтан солманларда азмазлап балықшылық етип отырған (Қ.Ирманов). Сәлийма ҳүрейи сүймейтуғын балықшылық кәсибине Сапардан дәмели болып араласқан еди (К.Султанов). 2. Суў ҳәўизлеринде балықларды көбейтиў ҳәм де сапасын жақсылаў ислери менен шуғылланыўшы тараў; балық жетистириў менен шуғылланыў. Балықшылық хожалығы.