⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАЛА

Қарақалпақша

ат. 1. Үлкейип ержетпеген, бойжетпеген, нәресте, бөпе, жас бөбек, ул, қыз (ул бала, ер бала, қыз бала). Қолындағы емизиўли баласын қапталына жатқызды (Н.Дәўқараев). Суў әкелиў, от жағыў, бала жубатыў (Н.Бөрекешов). — Бирден оянып, жас бала нәрсе, мени көрди де, ҳаплығып кетти (Т.Қайыпбергенов). 2. Әўлад, туқым, урпақ. Атадан балаға бахыт мийрас болып қалатуғын баяғы заман емес (К.Султанов). ... соңынан аз-азлап оқыў китаплары шығарылып, мийнеткеш қарақалпақ балалары өз ана тилинде оқыўға еристи (Қ.Ирманов). 3. Ҳайўанатлардың, қуслардың, жанлы-жаныўарлардың жас төллери. ... өпепектиң баласы да тап өзине усайды екен, аға, — деди Мурат ағасына (газетадан). Жеткенинше шамасы, Ойы тек еки баласы (Т.Жумамуратов). Қой сүйеди баласын, Қозым-аў деп яр-яр (ққ.х.қ.). ...Разгүл Атамураттың ешегин сейисханаға айдап жибереди де, баласын ишке алып кирди (Т.Қайыпбергенов). 4. Үлкен жастағылардың өзлеринен жасы кишилерге айтатуғын қаратпа сөзи. ... Ол ўақларда не ҳәдийселер болмады, балам. (С.Хожаниязов). — Дурыс, балам, ала бәҳәрден көшейик, — Нуржан шыраны қайта жағып берди (С.Хожаниязов). — Ҳаў балам, неғе күлесең? (С.Хожаниязов). 5. аўыс. Турмыстан тәжирийбе алмаған, еле жас. Сен еле баласаң, ал мениң жасым болса, әдеўирге келди (Ж.Аймурзаев). Жәмийла, өйтип бала болма! (К.Султанов). Түркменлер: Ханда айып жоқ, ол да бир бала да бир деп қоя берди (Қ.Ирманов). 0 Аўзының сарысы кетпеген бала — ержетпеген, жасы жетпеген, бой жетпеген, жас қыз ҳәм ер бала. Ол бир аўызының сарысы кетпеген бала ғой (Ж.Аймурзаев). Бай баласы — турмысы жақсы, мол дүньялы адамлардың балалары. Бай баласы байға усар, Байланбаған тайға усар (ққ.х.н.). Бай баласы келсе де, Онды жуўап бермеди («Қырқ қыз»). Бала-шаға — Ер ҳәм ҳаял менен оның балалары ҳәм қызлары, шаңарақ. Қалай аға, бала-шаға саў ма, мал-жан аман ба? (Қ.Мәтмуратов). Қарағысыз елге, бала-шағаға, Адам етин жейтуғын ҳайўан болдың ба? (И.Юсупов). Жалғыз бала — биреў, жекке бала. Жалғыз бала болған соң Әметти еркелетип өсирди (Т.Қайыпбергенов). Тонар бала — көп топ болып жүрген, бир дүркин балалар. Сәлем! — Сәлем!, Сәлем милиңионер ағай! — деп көшеден өтип баратырған топар-топар балалар менен қызлар шуўласып лейтенантқа сәлем берди (А.Бекимбетов). Үлкен бала — бой жеткен, ержеткен үлкейип жетискен. Үлкен балаларға еликлеп, мен де баспағымды узын жипке арқандап қояман (Ө.Айжанов). Шаққан бала — тез ҳәрекет ететуғын, шалт. Өзи шаққан бала екен (газетадан). Қара көзли жумалақ жүзлиден келғен шаққан бала шатқаяқлады (А.Бекимбетов). Писик бала — өз исине пуқта, шебер, уқыплы. Өзи де жасына қарағанда писик бала еди (Ш.Сейтов). Хошшы бала — жас үлкенлерге ерип жүриўши жасы киши, жәрдемши, көмекши. Екеўи де машинадан түсип еди, хошшы бала кеңседен шықты (С.Хожаниязов). Шала бала — айы-күни толмай ўақтынан бурын туўылған. Бурынлары шала баланы дорбаға салып, керегеге илдирип сақлайтуғын еди, — деди кемпир (газетадан). Баслық бала — колхозға көбирек баслық болған жигитти көбинесе ҳаяллар атын айта алмағанлықтан усылай атайды. Баслық бала да бизлердиң муңайып отырғанымызды көрди (К.Султанов). Баслық баланың өзлери усы жаққа киятыр (К.Султанов). Жас бала — үлкейип ержетпеген, бойжетпеген қыз ҳәм ер бала. Ол бул күнде тили жаңа шыққан жас бала тәризли (К.Султанов). Қуда бала — турмыс қурған ерли-зайыплылардың екеўиниң де ағасы ямаса иниси болса, олар бир-бирине қуда бала болып табылады. — Қызы бардың назы бар» деген емес пе қуда бала, сөзин даўам еттирип Ҳүрниязбийке, — ... (Қ.Ирманов). Шофёр бала — машина айдайтуғын адамға айтылады. Үйде үш-төрт адам отыр, оның биреўи есикке жақын отырған шофёр бала, оның қасында завсклад отыр, ... (С.Хожаниязов). Почта бала — газета, журнал ҳәм хат тасыўшы адам. Сәўлежан, жаңағы почта бала усы кәрадан кетип еди, неге тағы қайтып киятыр (С.Хожаниязов). Бала үстинен қайтыс болыў — туўа алмай өлиў, көз жаралмаў, қайтыс болыў, қазаланыў. Ол пақыр болса, бала үстинен қайтыс болды (Ө.Айжанов). Бала түсириў, бала таслаў — туўатуғын ўақты жетпей түсик түсириў, иш таслаў, төл бермеў. Бул келиншек күни жетпей бала түсирип, ҳәзир наўқасланып жүр, ... (Ө.Айжанов). Нәзийра бала таслап, үйинде жатыр (газетадан). Ерке бала — тентек қылып тәрбиялаў, биймаза, қыңыр. Бул жүдә ерке бала еди, ... (Қ.Аралбаев). Бала көтериў — жүкли болыў, еки қабат болыў. Жәмийла болса көп узамай бала көтерди, ... (К.Султанов). Адам баласы — барлық адамлар, адамзаттың нәсили. Ҳәр бир адам баласының ўазыйпасы — адамгершилик болыў, ... (ғазетадан). Қәйин бала — Ҳаяллардың күйеўинин туўысқан иниси менен урыўлас инилери ҳәм де ҳаялдың иниси күйеўине қәйин болады, булардан басқа жасы киши ер адамларға айтылады. Қәйин бала менен бирге келдим, — деди Айзада (ғазетадан). Жумабай қәйин баласы менен бирге кетти (ғазетадан). Жап-жас ғана балалар — нәрестелер, сағыйралар. Жап-жас ғана балаларды, жанған отқа таслайды («Қырқ қыз»). Күйеў бала — ер адам, ҳаялдың ата-анасына, жасы үлкен туўысқан-туўғанларына, урыўлас аға, апа, жеңгелерине күйеў бала болады.