БАЙРАҚ II
Қарақалпақша
ат. Жарысқа тигилген сыйлық.
— Ҳә бәрекелла, бүгинги байрақ сеники (Н.Дәўқараев).
Басып озып гүл беремен байраққа, Ал мен уштым сен изимнен қуўала! (И.Юсупов).
0 Бәйги байрақ — жарысқа қойылған зат, ўәж.
Ол тек усы атты шаўып биринши бәйги байрақты алыўына ғана қызығатуғын еди (Ж.Аймурзаев).
Жети жылға ат жиберип Мойнағым, Кутлы болсын бәйги алған байрағың (К.Султанов).
Бақсы байрақ — бақсыларға берилетуғын сыйлық.
Бақсыларға байрақ берди, Жақсыларды жаман көрди (Күнхожа).
Мүше байрақ — ылақ ойынында озып келгенлерге берилетуғын мал.
Мүше байрақ бермеди, Еки айланып келди, Мунда да мүше бермеди, үш айланып келеди («Алпамыс»).
Жары байрақ — берилетуғын сыйлықтың ярымы, жартысы.
Абырайы сизики, жары байрақ бизики, Пошҳа-пош деп заңғар кәл, Ат жетеклей береди («Қоблан»).
Байраққа тигиў — арнаў, жоллаў, бағышлаў.
Мен басымды Нигарханның жолына байраққа тиккенмен, ... (К.Султанов).