⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАЙЛАНЫС

Қарақалпақша

ат. 1. Адамлар, жәмәәт яки жәмийет ортасындағы келисим, еки жақтың арасындағы беккем қарым-қатнас. Сениң... Гриша менен байланыс жасап кеткенлигиң бир түрли етпей қоя ма? (Ә.Шамуратов). ...бул халықлардың мәдений байланыс партасы бундай болжаў жүргизиўге мүмкиншилик береди (Қ.Мақсетов). Рети менен оның үстине Абылдың «қарындасы» киргенде, капитан ол қыз бенен көбирек сөйлесип, Сабыржан менен болған байланысы қаққында сорады (А.Бекимбетов). 2. Сөйлесик, келисик. Соннан берли булардың дослығы бир-бири менен байланысы үзилген емес (Қ.Досанов). Сапар менен Оралдың арасындағы байланыстан оның хабары жоқ (М.Әбдиреймов). 3. Тийисли, шәртли, сыбайлас. ...жаңа нормалар, жаңа жәмийетлик байланыслар, көзқараслар қәлиплеседи (Г.Есемуратов). Сондықтан денедеги анаў я мынаў мүшениң функциясының бузылыўы, усы орайлық нерв системасы менен бас мийиниң байланысы ҳәкислениўинен келип шығатуғыны бизге жүдә анық (А.Бекимбетов). 4. Узақта туратуғын адамлардың бир-бири менен хабарластырыўшы, сөйлестириўши мәкемелердиң, кеңсеси, телефон-телеграф, хат ямаса биреў арқылы жасалатуғын қатнас. Байланыс бөлими. — Әўеле байланысын үзиў керек, мениң аяғымның астында телефон сымлары жатыр, — деди ол сыбырлап (Ө.Айжанов).