БАЙ I
Қарақалпақша
ат. 1. Мал-мүлки көп адам, феодал.
Бурынлары бир бай болыпты, оның қойы оғада көп екен (Қ.Айымбетов).
Сатарыңа мал болмаса, Байдың малын қарыз алма (Әтеш).
Жайылған байлардың сансыз қойлары, Көзине тотыя жүрген жайлаўым (Күнхожа).
2. Есап-саны жоқ, көп, мол.
Төрт түлигим қаплап өрген, Ойпатым, бай ҳасыл жерге (И.Юсупов).
Қулпы дөнген көк пенен, Өнимге бай жер сулыў (Ж.Аймурзаев).
Бул жердиң байлығы көзден-көзге түсип, тилден-тилге алынып, елден-елге ен жайды (Қ.Ирманов).
Бизиң жердиң теңизи менен дәрьялары балыққа бай (Қ.Досанов).
3. Жетискен, қурғынлы.
Үйиңе зор бай болып бар, артың да, Керегеңниң барлығын айт, тартынба (Т.Жумамуратов).
...белдеўге бедеў байланып, бай болып мақсетлерине жетипти (ққ.х.е.).
Байман деген кеўлинниң тоғына, туўрыдан сөйлей бер сөздиң қағына (Омар).
4. Ер, күйеў, жубай, жолдас, жупты.
Сол ўақта ҳаял патшаны өлтириў ушын ислеген ҳийлесин байына айтады (Қ.Айымбетов).
Мен бир бай таңдап отырман ба, биреўди жарлы дейсиз, бирэўди бай дейсиз, қайсысына берсеңиз де бериң, енди мен де ержеттим ғой, — дейди де... (Қ.Айымбетов).
Тәртипли болсаң, байыңа неге бийлигиң жетпей жүр (К.Смамутов).
Өзиң жатып байыңа, тур-турлама келиншек (Қ.Айымбетов).
— Улмекенниң байы ше! — деди қаял Жийемурат усы аўылдың тап усақ-түсиғине шекем билетуғындай (Т.Қайыпбергенов).