БАЎЫР II
Қарақалпақша
ат. қандас, туўысқан адамлар, туўысқаншылығы жақын кисилер, жасы үлкен кисилер өзлеринен кишилерди жақсы көриўшиликтен бирин-бири баўыр деп атайды.
... еки бирдей баўырың бегис, мыржық мудамы сыртыңнан жамандап, мениң қулағымды тындырмайды (х.е.).
тоққыз түлик малыңның, мен айланып келгенше, қандасым баўырым.
хабардар бол халынан («алпамыс») жигербентим баўырым.
шадлық болғай дәўирим («алпамыс»).
баўырына басыў, тартыў, қысыў — қушағына алыў, өзине тартыў, ийкемлеў, өзине қаратыў, қәўенлершилик етиў.
— рахмет, аға! — лепес әкесин қушақлап баўырына басты, — онда мен кетемен! (қ.мәтмуратов).
арқасы комбинат байлыққа батқан, балықшы улларын баўырына тартқан (к.султанов); атамураттан бурылып уйқылап атырған кишкене улын баўырына қысты (т.қайыпбергенов).
шүкиржан синдисин қушакдан алып баўырына қысты (а.бекимбетов).
тас баўыр — аўыс. ҳеш кимге жаны ашымайтуғын, рейимсиз, зулым.
ҳеш ким оған унамас, баўыры суўық мысал тас (х.алимжан).
маған тарлық қылды туўған аўылым, ораз десең тастай қатар баўырым (и.юсупов).
ғаррысы менен қас болар, баўыры қаратас болар (әжинияз).
баўыры ийиў — берилиў, ынтық етиў, қумарланыў.
ингалаған сестине, ана баўырын ийеди (г.есемуратов).
тәни қызып, баўыры ийеди, деди алайын ба сүйип (ш.
артық).
баўыры балқыў — жибисиў, елжиреў, ериў.
қойыў қара қаслы, жуқа жүзли нәрестеге қарағанда оның балқып баўыры елжиреп кетти (қ.досанов).
буўрыл шашлы шайыр көрип елатын, емиренеди, ерледи балқып баўыры (к.султанов).
сен жыласаң мениң кеўлим бузылар, баўырым балқып аш жүрегим созылар (қ.ирманов).
жер баўыры — жердиң үстиңги қабатларының жибисиўи, ериўи, босасыўы.
күндизине күн нурынан бойы қызып баўыры жибискен жер қыялына ҳәзир ғана ҳәз етип шын уйқыға киргендей, қыр әтирапқа жайған тынышлық шеккен (а.бекимбетов).
қызыл мийнет жер баўыры солқылдап, ҳасыл жапырақ аўдарылып бурқылдап (и.юсупов).
баўырын тилиў — зулымлық етиў, қастыянлық қылыў, қапашылыққа салыў.
өтирик айтсаң үш ағашқа илдирип, пышақ пенен баўырыңды тилдирип («қырқ қыз»).
қарсыласса хәмирине көндирген, өзине бейимлерди күлдирген, биразлардың баўырын тилдирген, үргениш елинде залым ҳәм барды (әжинияз).
жүрек-баўыры, өкпе баўыр — адамлардың ҳәм де жанлы-жаныўарлардың организминдеги ишки органлары.
әне лабақбай, мәспатша шыны менен кеўил берип, жүрек- баўыры ерип, қызына жүдә минәсип көрип,... («мәспатша»).
ызын-ызың суўық самал еседи, ызылдысы өкпе-баўырың теседи (г.есемуратов).
баўыр басыў — көнлигиў, үйрениў, өзимсиниў.
киндик қаны тамған баўыр басқан аўылды таслап кетиў маған қыйын болды (қ.айымбетов) бул бурын үйрениспей жүрген екен, енди баўыр басып, кеўил қосқаны шығар деп ойлады (ж.аймурзаев).
баўырын жазды - а) еркинликке, азатлыққа шығыў.
азатлық орнағаннан кейин ғана қарақалпақтың ҳаял-қызлары баўырын жазды (газетадан).
б) өсиў, раўажланыў, күшейиў, өркенлеў.
қарақалпақстанның өсиўи соңғы жыллары баўырын жазды ҳәм көзге көринди (газетадан).
в) жылқының еркин шабыўы.БАЎЫР I II ат. 1. Бир нәрсениң қапталы, етек бети.
Олар таўдың баўырына барып, бир жақсы жерге орналасып, қос дүзетип отыра береди (ққ.х.е.).
Мойынын созып қараса, Бәлент таўдың баўырында, Қайнап аққан бир будақ, Алдынан пайда болады («Мәспатша»).
Өйткени, бул бақалы таслар Қыратаўдың баўырында оғада көплеп табылады (газетадан).
2. Адамдардың, жанлы-жаныўарлардың қоллары менен аяқларының аралық бети, алды бети, қапталы.
Кәтке баўырымды берип ағалап өкире бердим (К.Смамутов).
Саўын алсаң бийени ал, Арқасы күш, баўыры сүт (ққ.х.қ.).
Мәспатшаның сүргининен, Ат баўырынан қанлар ақты («Мәспатша»).
Шынжырды ҳарлатып қос өгиз бенен бозды аўдарған шаңарақлардың егини ат баўырына тирелди (К.Султанов).