АҲ
Қарақалпақша
т.с. Гүрсиниў, таңланыў, әжеплениў.
Ол әўелги күнлери, аҳ-уҳ деп аўыр гүрсинип жүрди (Ж.Аймурзаев).
Скамьяға барсам жақын, Еситтим ашықлардың «ахын» (И.Юсупов).
Л ҳ-дүнья-ай қалай-қалай заман болды (Б.Бекниязова).
0 Аҳ урыў — ғам шегиў, қайғы жеў, гүрсиниў, зарланыў.
Тек сен ушын аҳ урады жүрегим.
Сен дегенде қан қақсайды сүйегим (Ә.Шамуратов).
Аҳ урса жетеме бендениң дады.
Бул дүньяға шыққанымнан не пайда (Омар).
Аҳ шегиў — қайғыланыў, қайғы шегиў, азап көриў, қыйланыў, жапа шегиў.
Аҳ шегип бағрын сөкмәгәч, көзинен яшын төкмәгән (Әжинияз).
Аҳыў-зар — ынтық, зар қайғы, ҳәсирет, интизар, зар-гирян.
Қәдирданым мениң шын аҳыў-зарым, Екеўимизди қосар күнлер бармекен (ққ.х.қ.).