⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АҒА

Қарақалпақша

ат. 1. Әке, ата. Ата баласын жибергиси келмеди, бала ағасын жибергиси келмеди (Қ.Ирманов). 2. Еки, үш ағайинли туўысқанлардын үлкенлери. Туўысқан ағасының меҳрибан жүзин көргенде кишкене Орынбек қолын шаппатлап ғорбаң-ғорбан етип қойды (Т.Қайыпбергенов). 3. Ел ағасы, отағасы, жасы үлкен, көпти көрген, кәткуда. Уллы бабамыз Майқы бий, Оның улы Жайылған бий, Жайылған улы Нағатай бий, журтқа аға болған екен (Бердақ). Қарақалпақта қалалардың ағасы, Көрмегенге әрман екен Қоңырат (И.Юсупов). 4. Қарақалпақ түрмысында ҳаяллардын өз ерин нағыз аты менен айтылмағанда хәр түрли мәнислерде айтылады. Жаў тез арада жеңилер ме екен ағасы, — деп сол ўақытта ерине тигилип (К.Султанов). 5. Жасы үлкен адамға атының изине қосып хүрмет мәнисинде айтылады. Мәселен, Қурбанбай аға.