АШЫҚ II
Қарақалпақша
ат. Жақсы көриў, сүйиў, биреўге ықласы кетиў, сүйиўшилик.
Ҳәр бәҳәрде биреўге ашық болатуғын жеңил минезден аўлақпан хәзир (К.Смамутов).
0 Ашык болыў - биреўге кеўил берип қалыў, жигиттиң қызды жақсы көрип қалыўы, ессиз, түссиз кеўил бериўи.
Не жананлар ашық болып, Қөп интизар болған жиғит, Мерекеден тасып толып, Орын алған алдан жигит (Т.Сейтжанов).